ЭКОЛОГИЯАЛЫК МАДЕНИЯТ –МИЛЛИЙ ҚӘДИРЯАТЛАРЫМЫЗДЫҢ КУРАМ БОЛЕГИ СИПАТИНДА
Abstract
Инсанияттың ақылый дәрежеси билими өсип барған сайын оның зәрүрликлери ҳәм асып бармақта. Ол бүгин кешегиге қарағанда ертең болса оннанда көбирек жақсы жасаўға материяллық мәнаўий бәркамаллыққа ерисиўге ҳәм тыныш өмир кешириўге ҳәрекет етпекте. Пән-техника раўажланыўы адамлар турмыс тәризине үлкен әҳмийетке ийе тәсир өткерип,жәмийеттиң тәбият пенен өз-ара мүнәсибетин оғада активлестиреди. Бул социал раўажланыўдың ең тийкарғы факторларынан бири болып табылады. И.Т.Фролов ҳақлы түрде атап өтиўинше, инсәният қүдирети оғада асып баратырған техника қураллары жәрдеминде тәбият байлықларын жедел пайдалана барып, өз цивилизациясы раўажланыўы ҳәм биологиялық түри ретинде өзиниң өсиўи шәраятларын жүда жақсыланғанлығы бүгинги күнде бийкарлап болмайтуғын ҳақыйқат болып табылады. Бирақ, тәбиятты бойсындыра барып, инсан өз турмыс искерлигиниң тәбийий негизлерине азмаз зыян жеткизгенлиги, жәмийет пенен тәбият ортасындағы өз-ара тәсирди бузғанлығы да ҳақыйқат болып табылады. Бул кең, яғный социал ҳәм инсәният ушын әҳмийетли болған экология машқаласының мәнисин пайда етеди. [66,1]. Экология ҳәзирги заманның кең көлемдеги кескин социаллық машқалалардан бири. Оның шешимин табыў бәрше халықлардың мәплерине сай болып цивилизациясының ҳәзирги күни ҳәм келешеги көп тәрептен әне усы машқаланың қандай шешилиўине байланыслы. Пән ҳәм техника раўажланыўы жәмийеттиң тәбиятқа тәсир өткизиў имкәниятларын сол дәрежеде асырып жиберди. В.И.Вернадский айтыўынша «инсәният, улыўма алғанда тәбийий орталықты өзгертиўши, қайта дүзиўши қүдиретли геологик күшке айланады. [8,1]
References
Ю.Шодиметов Ижтимоий экология кириш дарслик Ташкент 1994 жыл
Рухсора Рузиева Ёшларда миллий ва умумийинсоний қадриятлар уйғунлигини шакллантириш Ташкент 2011 жыл
Шамсиддин Баҳаўаддинов “Кәмил инсан” Ташкент 2019-жыл
.П.С.Султанов “Экология ва атроф-муҳитни муҳофаза қилиш асослари” Сабақлық Ташкент 2007-жыл
Ш.Мадаева Миллий менталитет ва демократик тафаккур 2007 жыл