А.ДАБЫЛОВТЫҢ «БАҲАДЫР» ДӘСТАНЫНДА ФРАЗЕОЛОГИЗМ ҚОЛЛАНЫЛЫЎ ӨЗГЕШЕЛИГИ

Authors

  • Айсулу Усманова Қарақалпақ мәмлекетлик университети, қарақалпақ филологияси хәм журналистика факультети 3-курс студенти
  • Г. Алламбергенова Илмий басшы: PhD

Keywords:

фразеологизм, лексика, сөзлик қурам, стилистика, көркем текст, синоним, вариант, эмоцинал-экспрессивлик.

Abstract

Басқа түркий тиллери сыяқлы фразеологизмлер, қарақалпақ тил билиминде де айрықша орынға ҳәм фразеологиялық қатарларға оғада бай. Фразеологиялық сөз дизбеклери таяр пүтин бир бирлик сыпатында қәлиплескенликтен оның пүткил қурылысына турақлылық тән. Бундай турақлылық оның жеке компонентлери арасында да, ҳәр бир компоненттиң бир-бири менен байланысыў формасында да көринеди. Ҳәр қандай орынсыз өзгерислер улыўма мәниниң бузылыўына алып келеди. Лексикамыздың ең бир бай қатламы есапланатуғын турақлы сөз дизбеклерин әдебиятымызда көплеп ушыратамыз. Фразеологизмлер тилимизде көбинесе аўыспалы мәниде қолланылып, әдебий образларды сүўретлеўде оның стильлик көркемлигин арттырады. Сонлықтан да, көркем шығармаларда кеңнен қолланылады. Бул бойынша Акад. В.В.Виноградов тил адамлардың турмыс хызметине байланыслы ҳəр қыйлы функцияларды атқарады. Тилдиң ең əҳмийетли жəмийетлик функциялары мыналардан ибарат: 1)сөйлесиў (общение), 2)хабарлаў (сообщение), 3)тəсир етиў (воздействие) усындай функцияларды атқарыў ушын тарийхый раўажланыўда тилдиң айырым бөлшеклери сыпатында олардың өзине тəн болған айрықша лексика-фразеологиялық, гейпара морфологиялық қураллары қəлиплеседи. Тилдеги бундай бөлшеклер тилдиң функциональ стильлери деп аталады[1.6].

References

Виноградов В.В. Стилистика. Теория поэтической речи. Поэтика.Москва, 1963, -Б.6

Қожахметова Х Фразеологизмдердiң көркем әдебiетте қолданылыўы. - Алматы, 1972.

Кучкартаев И. Фразеологическое новаторство Абдулла Каххара: Автореф. дисс.. канд. фил. наук. – Ташкент, 1965.

Абдуллаев Ш.Д. Таржима асарларида фразеологизмлар семантикаси. (Т.Қайипбергенов асарларининг ўзбекча таржимаси асосида): Филол. фан. номз. дисс… автореф. – Тошкент, 2006.

Г.Алламбергенова И.Юсупов асарларида фразеологизмларнинг услубий қўлланилиши Филол.фан.филос.док. (PhD) …автореф. –Нөкис, 2019. Г.Алламбергенова Фразеологиялық сөз дизбеклериндеги синонимия Қорақалпоқ давлат университети ахборотномаси. – Нукус, 2016. №4. -Б. 119-122

Айназарова Г. Қарақалпақ тилинде теңлес еки компонентли фразеологизмлердиң лексика- семантикалық ҳəм стильлик өзгешеликлери. - Нөкис, 2015.

Downloads

Published

2023-07-15

How to Cite

Усманова , А., & Алламбергенова, Г. (2023). А.ДАБЫЛОВТЫҢ «БАҲАДЫР» ДӘСТАНЫНДА ФРАЗЕОЛОГИЗМ ҚОЛЛАНЫЛЫЎ ӨЗГЕШЕЛИГИ. Innovative Development in Educational Activities, 2(13), 158–161. Retrieved from https://openidea.uz/index.php/idea/article/view/1535